Жасарыў, жаналаныў ҳәм бәҳәр тымсалы

295

8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен орынларда өткерилип атырған байрам илажлары даўам етпекте.

Қанлыкөл районындағы пайызлы орынлардың биринде усы байрамға бағышланған  салтанатлы байрам илажлары болып ѳтти. Байрам кешесине район ҳәкими Б.Султанов, нураный аналарымыз ҳәм ҳаял-қызлар қатнасып, илажда район ҳәкими шығып сөйлеп, байрам менен бәрше ҳаял-қызларымызды қызғын қутлықлап, олардың ҳәр қыйлы тараўларда пидайы мийнет етип, өз хызметлери менен жәмийетимиздиң раўажланыўына қосып атырған үлеслерин айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей, жасарыў, жаналаныў ҳәм бәҳәр тымсалы болған қәдирдан аналарымыз бенен қызларымыздың байрамы, олардың мийнетлерин улығлаў менен уллы саналады. Районда өткерилген байрам кешесинде барлық тараўлардағы ҳаял-қызлардың мийнетлери жоқары баҳаланды.

Пайызлы дастурхан әтирапында ҳажы аналар, ҳаял-қызлар жәм болып, байрам қуўанышларын ортақласты.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги ҳәм районлық Мәденият бөлими, сондай-ақ, халық талантлылары тәрепинен байрамға бағышланып өткерилген концерт бағдарламасы жыйналғанларға заўық бағышлады.








“Әлемге нур таратар – Ана меҳри” атамасындағы ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен өткерилген илажлар ҳәр қыйлы ойын заўықлар менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги