Үлгили ҳаял-қызлар сыйлықланды

Өзиниң шексиз меҳир-муҳаббаты ҳәм пидайылығы, сабыр-тақаты менен шаңарақларда, соның менен бирге, пүткил жәмийетимизде тынышлық, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти сақлап, перзентлеримизди мәрт, кәмил инсан етип тәрбиялап атырған ҳаял-қызларымыздың халықаралық байрамы Кегейли районында да кең түрде белгиленип өтилди.
Илажда район ҳәкими Айбек Камалов барлық аналарымыз ҳәм ҳаял-қызларымызды байрам менен қутлықлап, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықларды кең түрде атап өтти. Соның менен бирге, район ҳаял-қызларының халық хожалығының түрли тараўларында ерлер менен бир сапта турып мийнет етип, өзлериниң пидәкерлик хызметлери менен жәмийетимиздиң раўажланыўына қосып атырған үлеслерин жоқары баҳалады.
Кешеде өзлерине жүкленген жуўапкерли ўазыйпаларды инабат пенен атқарып киятырған бир қатар ҳаял-қызлар район ҳәкимлиги атынан Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланып, байрам қатнасыўшыларына естелик саўғалары тапсырылды.





Кеше районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы