Инвесторлар менен ушырасыў болып өтти

282

Мәмлекетимизде тараўларды ҳәр тәреплеме раўажландырыўда сырт мәмлекетлерден инвестицияларды жедел тартыў процесине үлкен итибар қаратылмақта. Бундай жумыслар мәмлекетимиздиң барлық аймақларында әмелге асырылмақта.

Елликқала районында да бундай инвестициялық жойбарлар ушын қолайлы имканиятлар бар.  Қытай Халық Республикасының “Liay diea lik” компаниясы директоры Хоу Хиао Лонг басшылығында бир топар инвесторлар усы аймаққа келди.

Район ҳәкими В.Ниязымбетов инвесторлар менен ушырасыў өткерди,- деп мәлимлеме береди Елликқала районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими.

Ушырасыўда бир қатар усыныслар билдирилди. Сондай-ақ, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикирлер алысылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги