Оқыўшылар белгили илимпазлар менен ушырасты

Нөкис қаласындағы Жас тамашагөйлер театрында Янги Ўзбекистон университети оқытыўшысы, профессор Алишер Есбосынович Санетуллаев ҳәм Россия Илимлер академиясының профессоры Павел Александрович Беловлар қарақалпақстанлы мектеп оқыўшыларына «Шеберлик саатлары»н өтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң бөлим баслығы М.Асаматдинов ашты ҳәм илимпазлар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Буннан соң россиялы профессор Павел Александрович Белов өзиниң илимий жумысы ҳәм изертлеўлери ҳаққында баянат жасап, «Электромагнит толқынлардың турмыста қолланылыўы» темасында презентация иследи ҳәм бул бағдардағы ең соңғы изертлеўлер, инновациялар менен таныстырды. Атап айтқанда, сымсыз қуўатлаў үскенесиниң ислеў принципи, оның заманагөй турмыстағы әҳмийети ҳәм перспективалары ҳаққында оқыўшыларға кеңнен түсиниклер берди.
Сондай-ақ, илажда профессор Алишер Санетуллаев «Янги Ўзбекистон» университетиниң жумысы, билимлендириў бағдарламалары ҳәм халықаралық бирге ислесиў бағдарлары ҳаққында презентация иследи. Атап айтқанда, ол университеттиң илимий-изертлеў бағдарлары, студентлерге жаратылған қолайлықлар ҳәм халықаралық көлемдеги бирге ислесиў жойбарларына айрықша итибар қаратты. Соның менен бирге, «Янги Ўзбекистон» университетинде физика ҳәм инженерлик бағдарларында әмелге асырылып атырған инновациялық жойбарлар ҳаққында да мағлыўматлар берилди.

Илажда оқыўшылар тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы