Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары додаланды

348

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Францияның абырайлы қаржы мәкемеси – «SociétéGénérale» банкиниң ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў бағдарлары, меншиклестириў процесслери, «жасыл» экономиканы раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары додаланды.

Сондай-ақ, мәмлекет қатнасыўындағы банклер ҳәм кәрханаларды меншиклестириў, баҳалы қағазлар базары, еврооблигациялар шығарыў, халықаралық рейтинглер менен ислесиў процесслерин жеделлестириў, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» шеңберинде экологиялық турақлы жойбарларды раўажландырыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында турақлы ыссылық системасын жаратыў мәселелерине итибар қаратылды.

Онда денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм энергетика, соның ишинде, электр энергиясын жеткерип бериў тараўындағы шериклик жойбарларын әмелге асырыў бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыў соңында тәреплер еки мәмлекет арасындағы қаржылай бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм белгиленген мақсетлерге ерисиў ушын әмелий қәдемлерди биргеликте әмелге асырыўға келисип алды.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА