Кең көлемли реконструкция жумыслары алып барылмақта

351

Республикамызда жолларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары шеңберинде  Қараөзек ҳәм Беруний районлары аймағынан өтетуғын А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 673-698 км (25 км) бөлегин  цемент-бетон қаплама менен реконструкциялаў жойбары алып барылмақта.

-Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-декабрьдеги қарарына тийкарланып Қараөзек ҳәм Беруний районлары аймағынан өтиўши А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 673-698 км (25 км) бөлегин Азия раўажландырыў банкиниң қатнасыўында цемент-бетон қапламасы менен реконструкциялаў белгиленген еди. Усы қарардың  орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2024-жыл 22-август күни  “Dorkomplekstsnab Plus” ЖШЖ  (Өзбекстан) ҳәм “New Tech Samarqand” (Өзбекстан) қоспа кәрханалары халықаралық тендер саўдаларында жеңимпаз деп табылып, жумысты бөлип алып ислеў шәртнамаларына қол қойылды. Сондай-ақ, жойбар консултантлары: “Yooshin Engineering Corporation,” “ISAN Corporation” (Қубла Корея) қоспа кәрханасы, субконсултантлар “Intelligent Solution LLC” ҳәм  “GEO Engineering LLC” (Gruziya) компаниялары менен шәртнамаларға қол қойылды. Жойбардың улыўмалық баҳасы 60,9 миллион долларды қурайды.





Қурылыс жумыслары  2024-жылдың октябрь айында басланып, әйне пайытта даўам етпекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас басқармасы баспасөз хаткери Д. Жумамуратов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги