Набыт болған зүрәәт ямаса шарўаның зыяны толық қаплап бериледи

Нызам жойбарына шолыў
Ҳаўа-райының қолайсызлығы, ҳәр қыйлы апатшылықлар, зыянкеслер, өрт, шарўа ҳайўанларының жуқпалы кеселликлерден набыт болыўы сыяқлы жағдайлар аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге үлкен зыян тийгизиўи мүмкин. Әлбетте, бундай жағдайлар аўыл хожалығы өндирисшилерин тәшўишке салады.
Енди аўыл хожалығында бундай тәўекелшиликлер қамсызландырылыўы ҳәм сол арқалы зыян төлеп берилиўи нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, «Аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызам жойбары ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Абдуманноп Буриев толық айтып берди.
– Кеше палатамыз тәрепинен қабыл етилген бул нызамға бола, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде тәбийғый апатшылықлар, өрт, өсимликлердиң кеселликлер ҳәм зыянкеслерден зыян көриўи, шарўа ҳайўанларының жуқпалы кеселликлерден набыт болыўы ҳәм зәҳәрлениўи және жабайы ҳайўанлар тәрепинен егинлердиң бүлдирилиўи ямаса аўыл хожалығы ҳайўанларына зыян жеткериў сыяқлы жағдайларда жеткерилген зыян қамсызландырыў арқалы қаплап бериледи.
Бундай әмелият усы ўақытқа шекем жоқ еди. Себеби аўыл хожалығы пүткил дүньяда тәўекелшиликлер жоқары болған қамсызландырыў түри болып табылады. Бул болса қамсызландырыўшы шөлкемлер ушын тартымлы емес. Енди аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекеттиң жәрдеми кирип келмекте.
Аўыл хожалығы тараўында тәўекелшиликлерди қамсызландырыў процесине қатнасатуғын субъектлердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленбекте. Еркин эксперт институты енгизилмекте. Еркин эксперт қамсызландырыў процесине қатнасады, оның жуўмағына қарай төлеп бериледи.
Мәселен, аўыл хожалығындағы зүрәәт ямаса шарўашылық қор кеңеси тәрепинен баҳаланады. Мысалы, зүрәәт 100 миллион сумға баҳаланса, соның 10 проценти муғдарында қамсызландырыў төлеми қамсызландырыўға төленеди. Қамсызландырыў төлеминиң ярымы мәмлекет субсидиясы есабынан, ярымы болса фермер тәрепинен төленеди. Сонда 100 миллионлық зүрәәттиң 10 проценти 10 миллион болса, оның 5 миллионына фермер төлейди. Егер келешекте зүрәәтке зыян келетуғын болса, қорға жыйналған қаржының есабынан зыян толық төлеп бериледи. Қамсызландырыў қатнасығына кирисиў процеси ықтыярлы болады.
Нызамда нәзерде тутылып атырған нормалар ҳаққында төмендеги видеокөринис арқалы толық танысыўыңыз мүмкин.
Муҳтарама Комилова,
Дониёр Ёқубов, Анвар Аҳмедов (видео)