Президент пәрманы: быйыл Ташкент қаласында эксперимент тәризинде баҳалаў системасы сынақтан өткериледи

297

Президентимиздиң 2025-жыл 5-март күни «Көшпес мүлкти ғалаба баҳалаў системасын енгизиў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Оған бола, Өзбекстанда көшпес мүлкти базар баҳасына жақын баҳалаў системасы жолға қойылады ҳәм бул процесс 2025-жылдан баслап басқышпа-басқыш әмелге асырылады.

Жаңа система шеңберинде елимиздеги 8 миллионнан аслам турақ жай ҳәм турақ жай емес имаратлар, 7 миллионға шамалас жер участкалары экономикалық актив сыпатында баҳаланады. Сондай-ақ, көшпес мүлкти алып-сатыў, гиреўге қойыў, жәмийеттиң зәрүрликлери ушын алып қойыў ҳәм салық салыў сыяқлы процесслерде оның ҳақыйқый баҳасын белгилеў системасы енгизиледи.

Пәрманға бола, 2025-жыл 1-декабрьге шекем Ташкент қаласында эксперимент тәризинде баҳалаў системасы сынақтан өткериледи. Оннан соң мал-мүлк ҳәм жер салығы бойынша салық базасын қайта белгилеў және салық ставкаларын төменлетиў бойынша усыныслар Министрлер Кабинетине киргизиледи.

2025-2026-жылларда Ташкент қаласында эксперимент тәризинде, 2026-2027-жылларда Нөкис ҳәм ўәлаятлар орайларында, 2027-жылдан баслап қалған аймақларда баҳалаў жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылады.

Усы системаның әмелге асырылыўына Экономика ҳәм қаржы министрлиги жуўапкер етип белгиленди. Сондай-ақ, Кадастр агентлиги жанында Көшпес мүлкти ғалаба баҳалаў миллий орайы шөлкемлестириледи.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жаңа система базарға тийкарланған баҳалаў механизмин енгизип, мүлк салығы ставкаларын қайта көрип шығыў ҳәм салық жүгин әдилликли бөлистириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА