Наўрыз байрамына таярлық бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды

356

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасындағы министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм аймақлардағы студиялардан район ҳәкимлери, тийисли жуўапкерлердиң қатнасыўында өткерилген мәжилисте 2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў мәселеси додаланды.

Атап өтилгениндей, шығыс жаңа жылы – Наўрыз байрамы әсирлер даўамында мийрим-шәпәәт, мийнет ҳәм дөретиўшилик нышаны сыпатында халқымыз турмысында теңсиз орын ийелеп келмекте. Президентимиздиң «2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарында быйыл бул байрам мәмлекетимизде «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» деген бас идея тийкарында кеңнен белгиленетуғыны белгилеп қойылды.

Министрлер Кеңесинде өткерилген мәжилисте жақынласып киятырған Наўрыз улыўмахалықлық байрамына пухта таярлық көриў мақсетинде Республикалық жумысшы топар қәлиплестирилгени, олар қала ҳәм район орайлары, аўыллық елатлы пунктлеринде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, сондай-ақ, жаңа система тийкарында халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўы бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениўи ҳәм жәрдем бериўи атап өтилди.

«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы шеңберинде халықтың қыйтақ жер майданларын суў менен тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша аймақлардағы жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды ҳәм бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бәҳәрги абаданластырыў ҳәм «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары, каналлар, ишки салмаларды бетонлаў ҳәм жәмийетлик орынларды тазалаў бойынша шембиликлер шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер де додаланып, әмелге асырылатуғын илажлар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги