Ҳәр қандай жағдайда да қалыс ҳәм әдил болыў – баслы миннетимиз

303

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен 2024-жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, өткен 2024-жыл даўамында Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судында жәми 883 (810) ҳәкимшилик иси ҳәм 31 (29) материаллық тәртиптеги ислер көрип тамамланған.

2024-жылы алдынғы жылдың усы дәўирине қарағанда ҳәкимшилик ислер саны 9,0 процентке, материаллар саны болса 6,9 процентке көбейген.

2024-жыл даўамында жәми 883 ҳәкимшилик ис көрилген болып, соннан 43,8 проценти қанаатландырылған, 41,2 проценти қанаатландырылмастан қалдырылған, 3,1 проценти көрместен қалдырылған ҳәм 11,9 проценти ис жүргизиўден тамамланған.

Президентимиз тәрепинен билдирилген жынаят ислеген шахсты жазалаў емес, ал жынаятлардың келип шығыў себеби, оларға шараят жаратып берген дереклерди үйрениў, ҳәр бир жынаяттың келип шығыўын, жағдайларын профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында терең талқылаў зәрүрлиги, ислерди көшпели суд мәжилислеринде, халық арасында көриў ҳаққында усыныс билдирилгенлиги себепли, судлардың жумысларында бул бойынша унамлы жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, соңғы жыллары ислерди көшпели суд мәжилислеринде көриўге айрықша итибар қаратылып, 2024-жыл даўамында 275 яки 31,1 процент ис көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылды.

Апелляция инстанциясында 131, кассация инстанциясында 111 ҳәм ревизия инстанциясында 79 ис көрилип тамамланған.

Суд қарарларының орынланыўы бойынша, 2024-жыл даўамында ҳәкимшилик судларға шағым арзалар бериўде мәмлекетке 415.951.119 сум бажы төленген болса, суд қарарларына тийкарланып мәмлекетлик бюджетке 369.883.756 сум бажы өндириў белгиленген.

Сондай-ақ, 2024-жыл даўамында суд қарарлары бойынша мәмлекетлик бажы ҳәм басқа түрдеги орынлаў хатларына тийкарланып 465.298.749 сумлық жәми 698 орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюроларына жиберилген. Соннан, 335.226.124 сумлық 583 ҳүжжет, яғный 72 процент орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленген ҳәм тамамланған. Ал, 130.072.625 сумлық 115, яғный 28 процент орынлаў ҳүжжети қалдықта қалған.

Ислерди көрип шығыў нәтийжелери бойынша мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ҳәм лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлеринде нызамбузыўшылық жағдайларының бар екени ҳәм оларды келешекте болдырмаў мақсетинде көрилген ислердиң 43,7 процентине айрықша уйғарыўлар шығарылып, зәрүр илажларды белгилеў ушын тийисли орынларға жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды тәрепинен бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў, әдил судлаўды әмелге асырыўдағы қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша, сондай-ақ пуқаралардың мүрәжатлерин ҳәр тәреплеме толық үйрениў ҳәм дурыс жолға қойыў бойынша жәми 25 мәрте улыўмаластырыўлар өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары арасында өз-ара бирге ислесиў жолға қойылған болып, 2024-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 92 мүрәжат келип түскен. Соннан, барлық мүрәжатлер үйренилип, ийелерине тийкарлы жуўаплар берилген.

Сондай-ақ, усы дәўирде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 83 мүрәжат келип түсип, соннан, 75 си үйренилип, мүрәжат ийелерине тийкарлы жуўаплар берилген болса, 8 мүрәжат тийислиги бойынша шешиў ушын басқа уйымларға жиберилген.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслықларының көшпели ҳәм суд имаратында өткерилген қабыллаўларда жәми 365 пуқара, соннан  87 пуқара көшпели қабыллаўда, 269 пуқара ҳәм юридик тәреплердиң ўәкиллери суд имаратында қабылланды.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў ҳәм халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәм халық арасында улыўма  387 мәрте ушырасыў ҳәм дөгерек сәўбетлери өткерилди. Онда ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылған болып, 264 мәрте мақалалар жәрияланған, телевидение ҳәм радиоларда шығыўлар шөлкемлестирилди.

Деген менен, бул жумыслар бүгинги күни алдымызға қойылып атырған талапларға толық жуўап береди, деп болмайды.

Сол себепли, Президентимиз тәрепинен берилген көрсетпелерге әмел етип, жуўапкершиликти ҳүжданлы түрде сезип, халықтың ишине кирип, олардың машқалаларын тыңлап, халық пенен көбирек ушырасыў судьялар ушын баслы ўазыйпа болып қалыўы тийис.

Усы мәселеде көшпели суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийетин айрықша атап өтиў зәрүр. Судтың ашық-айдынлығын тәмийинлеў қаншелли дәўир талабы мәселеси екенлиги ҳәммемизге мәлим. Себеби, бир жағынан судлар жәмийетшиликтиң арасында болса, екинши жағынан пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға кеңнен жәрдем береди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судларының судьялары өзлерине жүкленген жуўапкершиликли ўазыйпаларды шын кеўилден, ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлап, ҳәр қандай жағдайда да қалыс ҳәм әдил болыўға, әдил судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға барлық күш-жигерин  жумсаўы тәмийинленеди.

А.Нурлипесов,

Қарақалпақстан   Республикасы

ҳәкимшилик судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги