Өзбекстан ҳәм Вьетнам: бирге ислесиўге байланыслы конструктивлик сөйлесиў ҳәм биргеликтеги басламалар қоллап-қуўатланады

Олий Мажлис Сенатында Вьетнам Социалистик Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Ле Тхи Тху Ханг басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерилди.
Сенат Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев пенен ушырасыў ўақтында Өзбекстан ҳәм Вьетнам арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Вьетнамы Қубла-Шығыс Азиядағы әҳмийетли ҳәм исенимли бирге ислесиўшилериниң бири сыпатында көреди. Еки мәмлекет арасындағы байланыслар, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, инвестиция ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда үлкен имканиятқа ийе екени атап өтилди.

Еки мәмлекет арасындағы байланысларды раўажландырыўда парламент дипломатиясының, соның ишинде, Сенаттың роли артып атырғаны атап өтилди.
Усы жылдың 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында Вьетнам парламенти басшылары да қатнасыўға үлкен қызығыўшылық билдиргени айтып өтилди.
Ушырасыў соңында тәреплер Өзбекстан ҳәм Вьетнам арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша конструктивлик сөйлесиў ҳәм биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Н.Абдураимова, ӨзА