Жойбарды қаржыландырыў келисилди

335

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен медицина тараўында халықаралық бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм сырт ел тәжирийбесин елимизге алып кириў бойынша бир қатар унамлы илажлар әмелге асырылмақта.

Өткен жылы Республикалық қәнигелестирилген Ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында санластырыў халықаралық жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «ACRYL» Қубла Корея компаниясы менен өз-ара келисим меморандумына қол қойылған еди.

Усы меморандумға тийкарланып «ACRYL» Қубла Корея компаниясы директорының орынбасары Шин ханым Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине келип өз-ара сөйлесиўлер алып барылды.

Бул ушырасыўда Денсаўлықты сақлаў министри М.Курбанов келген мийманлар менен қоспа жойбардың әҳмийетин атап өтип, қаржыландырыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги