Бәҳәр маликалары анықланды

325

8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен орынларда таңлаўлар, ушырасыўлар ҳәм басқа да ҳәр қыйлы кеўилашар илажлар шөлкемлестирилмекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Физика-математика факультетинде де усы байрам мүнәсибети менен «Бәҳәр маликасы» таңлаўы болып өтти.

Таңлаўға факультетте оқып атырған 1-2-курс студент-қызлар қатнасты.

Олар таңлаўда ана ҳаққында монолог оқыў, сахналық көринис ҳәм бәҳәр мәўсимине сай салатлар таярлаў сыяқлы шәртлер бойынша өз-ара жарысып, қәбилетлери менен шеберликлерин көрсетти.

Таңлаў жуўмағында қатнасыўшылар төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен ҳәр қыйлы номинациялар бойынша жеңимпаз деп табылып, оларға диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги