Белсенди ҳаял-қызлар ҳүрметке бөленди

Қараөзек районында «8-март-халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен «Ҳаялға итибар» сүрени астында байрам кешеси болып өтти.
Илажға нураный аналар менен ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет ислеп атырған белсенди ҳаял-қызлар қатнасты.
Онда район ҳәкими Анвар Баймуратов ҳәм бир қатар нураныйлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлап, шаңарақларына аманлық, аўызбиршилик, жумысларында табыслар тиледи.
Сондай-ақ, байрам илажында шығып сөйлеўшилер тәрепинен елимизде өзиниң бай тәжирийбеси менен мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларда белсене қатнасып жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыз абаданлығын арттырыў, жасларды кәмил инсанлар етип тәрбиялаў жолында мийнет етип киятырған нураный ҳаял-қызлар ҳәм белсенди жасларымызды мақтаныш пенен тилге алды.
Соның менен бирге, райондағы бир қатар нураный аналарымызға, белсенди ҳаял-қызлар менен билимли жасларымызға байрам дәстурханы жайылып, ҳүрмет-иззет көрсетилди ҳәм район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары менен естелик саўғалар тапсырылды.



-Елимиз басшылары тәрепинен ҳаял-қызларға көрсетилип атырған бундай жоқары итибар ҳәм ҳүрмет ушын ең әўели, ҳүрметли Президентимизге үлкен миннетдаршылық билдиремен. Алдағы ўақытлары бизге билдирилген исенимди толық ақлап, мәмлекетимиздиң еле де гүллеп-раўажланыўына өзимиздиң үлесимизди қоса беремиз,-дейди Өзбекстан халық демократиялық партиясы Қараөзек районлық Кеңесиниң баслығы Райхан Қармысова.
Байрам илажы йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы