Кең түрде белгиленди

Беруний районында 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен «Ҳаял-қызларға ҳүрмет» атамасында байрам илажы болып өтти.
Илажды район ҳәкиминиң биринши орынбасары У.Матирзаев қутлықлаў сөзи менен ашты. Район ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Козиева барлық ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.
Мәмлекетимиз басшысының басшылығында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, гендер теңлигин тәмийинлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, олар ушын жумыс орынларын жаратыў, мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Тараўларда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған бир топар ҳаял-қызлар район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.


Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлиминиң дөретиўшилик топары ҳәм қосықшыларының атқарыўындағы түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң қосық ҳәм аяқ ойынлары байрам илажына өзгеше заўық бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги