Тахтакөпирли жас талантлылар өз өнерлерин көрсетти

Тахтакөпир районы Мәденият орайында районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында, «Театр-ибратханадур» сүрени астында «Туран мектеп театры» таңлаўының районлық басқышы өткерилди
Таңлаўға район аймағындағы мектеплердиң көркем өнерге ықласы күшли оқыўшыларынан ибарат 20 команда қатнасты.
Олар таңлаўды өткериў тәртибине тийкарланып еки шәрт бойынша өз-ара жарысты.
Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, биринши орынды 3-санлы мектептиң оқыўшылары ийелеўге миясар болды ҳәм жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди. Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды 2-7-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң жас талантлары ийелеўге еристи.

Таңлаў соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы