Ҳаўаның сапасын мониторинг етиў ҳәм жақсылаў бойынша бирге ислесиў

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов Жәҳән банкиниң қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый апатлар қәўпин басқарыў, жер ресурсларын турақлы раўажландырыў бойынша глобал директоры Самеҳ Ваҳба менен ушырасты.
Ушырасыўда тәреплер ирригация, ландшафтларды тиклеў ҳәм ҳаўаның патасланыўын қадағалаў тараўларына инвестиция киргизиў бағдарында еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў мәселесин додалады. Сондай-ақ, Орайлық Азияда жер деградациясы, шөллениў ҳәм климат өзгериўине қарсы гүреске қаратылған RESILAND жойбарына да айрықша итибар қаратылды. Бул жойбар Жәҳән банкиниң регион экосистемаларын турақлы раўажландырыў ҳәм қорғаў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылмақта.

С.Ваҳба министрге Жәҳән банкиниң «Ташкент қаласында ҳаўаның сапасын баҳалаў» ҳәм министрлик қәнигелери менен биргеликте ислеп шығылған «Өзбекстанда ҳаўаның сапасын басқарыўды жетилистириў бойынша жол картасы» есабатларын берди. Жәҳән банки сондай-ақ, ҳаўаның сапасын мониторинг етиў ҳәм жақсылаў бағдарында бирге ислесиўди күшейтиўди усыныс етти.

Ушырасыў соңында тәреплер бузылған ландшафтларды тиклеў, экотуризмди раўажландырыў ҳәм жергиликли жәмийетшиликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған биргеликтеги жойбарлар табыслы әмелге асырылатуғынына үмит билдирди. Атмосфера ҳаўасы мониторинги ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша келисимге ерисилди.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА