Әзербайжан Президенти нефть-газ компанияларының басшыларын қабыллады

297

«Өзбекнефтьгаз» АЖ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы күнлерде Баку қаласында нефть ҳәм газ тараўында санластырыў, санаат қәўипсизлиги ҳәм сатып алыўлар темасында халықаралық конференция болып өтпекте.

Онда регионның ири нефть ҳәм газ компанияларының басшылары қатнаспақта.

Конференция шеңберинде 4-март күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев нефть ҳәм газ компанияларының басшыларын қабыллады.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы стратегиялық шериклик жедел раўажланып атырғаны атап өтилип, тараўдағы жойбарларды кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиў барысында көп тәреплеме бирге ислесиўдиң стратегиялық әҳмийети атап өтилди. Өндирислик ҳәм технологиялық жойбарларды енгизиў, сондай-ақ, энергетика тараўында технологиялық авариялардың алдын алыў ҳәм санаат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Халықаралық конференция даўамында нефть ҳәм газ тараўын санластырыў, қәўипсизликти күшейтиў ҳәм авариялардың алдын алыўға қаратылған бир қатар келисимлерге қол қойылды.

Атап өтилгениндей, бул келисимлер тараўға заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ӨзА