Түркияның Бурса қаласындағы ҳүрметли консулы Нөкисте

Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында усы жылдың 16-январь күни елимизге инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм экспортты арттырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде тараў басшыларына бир қатар ўазыйпалар ҳәм тапсырмаларды белгилеп берген еди.
Президентимиз тәрепинен видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры, профессор Байрамбай Еримбетов Түркияның Бурса қаласындағы Өзбекстанның ҳүрметли консулы, исбилермен ҳәм инвестор Али Баклан ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң халықаралық байланыслар бойынша проректоры Жасур Зарифбаев пенен ушырасты.
Онда филиал директоры дәслеп Президентимиздиң айрықша итибары менен барлық тараўлар қатарында елимизде спорт тараўын ҳәм жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, профессор-оқытыўшылар менен студентлер ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
Соң еки тәреп филиалды раўажландырыў бағдарында белгилеп алынған алдағы режедеги бир қатар жойбарларға Түркия Республикасының инвесторларын тартыў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Сондай-ақ, спортшыларымыздың келешекте жоқары нәтийжелерге ерисиўи ушын буннан былай да кең имканиятлар жаратыў мәселелери додаланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы