Пайдалы қазылмаларды қазып алыў тәртиби ҳаққында реже тастыйықланды

337

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 28-февральда «Таў-кән санааты ҳәм геология тараўын қадағалаў инспекциясының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, пайдалы қазылмаларды қазып алыў ушын пайдаланыўға берилген жер асты участкаларында маркшейдерлик өлшемлери бирден-бир шәртли координаталар системасы – 1984-жылғы халықаралық геодезиялық система тийкарында әмелге асырылады. Сондай-ақ, пайдалы қазылмалар көлеми бойынша есабатларды рәсмийлестириў ҳәм тапсырыў тәртиби жетилистириледи.

Инспекция қурамында Әскерийлестирилген кән-қутқарыў бөлеги шөлкемлестирилип, оның тийкарғы ўазыйпаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оператив қутқарыў жумысларын алып барыўдан ибарат болады.

Бул илажлар геология ҳәм таў-кән санааты тараўында ашық-айдынлықты арттырыў, нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм жер астынан ақылға уғрас пайдаланыў механизмлерин беккемлеўге қаратылған.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА