Жумысқа қабыллаўдың заманагөй системасы енгизилмекте

Нөкис қаласында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге жумысқа қабыл етиўдиң ашық ҳәм заманагөй системасы, сондай-ақ, бул тараўда 2024-жылы әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси бойынша Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.
Әнжуманды Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Севара Закирова алып барды.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы Адилбек Реимбаев, орынбасары Камарбек Сеитниязовлар 2024-жыл даўамында филиал тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша әнжуман қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3- октябрьдеги ПҚ-4472-санлы Қарарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң кадрлар бөлимшелериниң республикада кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң заманагөй принциплерин енгизиўде ең әҳмийетли буўын екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, 2024-жыл даўамында республикадағы 37 министрлик ҳәм басқармалар, 17 район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң «vacancy. argos.uz» порталында жәрияланған 1670 вакант лаўазымлары ушын таңлаўларға 66 мыңға шамалас талабанлардан ҳүжжет келип түскен.
-Таңлаў жуўмағына жеткен 1622 вакант лаўазымларының 988 қәнигели хызметкерлер менен толықтырылды, 634 вакант лаўазымларға болса, қайта таңлаў жәрияланды,-дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығының орынбасары Камарбек Сеитниязов.-Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында Миллий кадрлар резервине киргизиў ушын 69 талабанның дизими қәлиплестирилди ҳәм 19ы Мобил резерв ушын таңлап алынды. Олардан 5 талабанлар жоқары лаўазымларға тайынланды.
Баспасөз әнжуманында журналистлер тәрепинен агентликтиң жуўапкер ўәкиллерине бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.



Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы