Елимизде инсан қәдири ҳәмме нәрседен жоқары турады

302

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2024-жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, 2024-жыл даўамында 3020 шахстың қарсысындағы 2323 жынаят иси көрилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда шахслар саны 452 ге яғный 17,6 процентке, ислер саны 366 ға яғный 18,7 процентке көбейген.

Көрип тамамланған жынаят ислериниң 70,9 процентин қураған 2144 шахсқа жаза тайынлаў менен айыплаў ҳүкими, 0,7 процентин қураған 22 шахсқа ақлаў ҳүкими, 4,5 процентин қураған 138 шахсқа жаза тайынланбастан айыплаў ҳүкими шығарылды. Ал, 2,5 процентин қураған 77 шахсқа тайынланған жаза шәртли есапланып, олардың қарсысына сынақ мүддети белгиленди, 21,3 процентин қураған 644 шахстың ислери тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы, исленген жынаятлардың әҳмийети азлығы себепли өндиристен қысқартылды, 0,3 процентин қураған 9 шахстың қарсысына медициналық характердеги мәжбүрлеў шаралары қолланылды,

Айыплаў ҳүкими шығарылған ислердиң 26,3 процентин қураған
577 шахсқа еркинен айырыў, 31,4 процентин қураған 688 шахсқа азатлығын шеклеў, 29,2 процентин қураған 639 шахсқа дүзетиў жумысы, 0,8 процентин қураған 17 шахсқа мәжбүрий жәмийетлик жумыслар, 8,8 процентин қураған 193 шахсқа жәрийма жазасы тайынланды.

Көрсеткишлери артқан жынаят түрлери талқылап қаралғанында, урлық жынаяты 14,4, алдаўшылық жынаяты 15,7, транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қағыйдасын бузыў жынаяты 16,7 процентке көбейген.

Буннан тысқары, судлар тәрепинен 2024-жыл даўамында коррупцияға байланыслы жәми 561 шахстың қарсысындағы
316 жынаят иси көрилип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 245 шахсқа яки 43,6 процентке көбейген.

Коррупцияға байланыслы жынаятлар тараўлар кесиминде қаралғанында исбилерменлик тараўында 31,9, мәмлекетлик үлеси бар кәрханалар тараўында
6,9, банк тараўында 4,4, мектепке шекемги билимлендириў тараўында 3,9, халық билимлендириўи тараўында 3,2, жоқары ҳәм ора арнаўлы билимлендириў тараўында  2,8, ҳуқық қорғаў тараўында 2,5, денсаўлықты сақлаў тараўында 2,5, ҳәкимликлерде 1,06 процентти қурап басқа тараўларға қарағанда бир қанша көбейгенлиги көринеди.

Усы дәўирде коррупцияға байланыслы жынаятлардың жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге көрилген ислердиң 44,9 процентин қураған 142 айрықша уйғарыўлар шығарылған.

Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ҳаял-қызлар тәрепинен исленгенн жынаятлар 12,8, жаслар тәрепинен исленген жынаятлар 15,9, жас өспиримлер тәрепинен исленген жынаятлар 41 процентке көбейген.

Хаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин алдаўшылық (28,7%), растрата яки талан-тараж етиў (13,8%), урлық (11,6%) пенен байланыслы жынаятлар, жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў
(21,9%), урлық (20,7%), алдаўшылық (13,6%) пенен байланыслы жынаятлар, ал жас өспиримлер тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин урлық (57,9%), жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў (9,5%), бийзарылық (8,4%) пенен байланыслы жынаятлар қураған.

Буннан тысқары, жынаят ислери бойынша район (қала)лық судлар тәрепинен 2024-жыл даўамында жәми 35238 шахстың қарсысындағы 32594 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер көрип тамамланды, алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда шахслар саны 6030 яки 20,6 процентке, ислер саны 5626 яки 20,9 процентке көбейген.

23499 шахстың қарсысындағы 21810 ис бойынша ҳәкимшилик жаза шарасын қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған болса, 11739 шахстың қарсысындағы 10784 ис өндиристен қысқартылды.

Ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған 17694 шахсқа жәрийма, 3 шахсқа мүлкти мәмлекет пайдасына өткериў, 19 шахсқа арнаўлы ҳуқықтан айырыў, 5739 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жаза шаралары қолланылды.

2024-жыл даўамында жаза тайынланып қарар шығарылған шахслардың 31,6 процентине ҲЖҳКниң 33-статьясы қолланылып, айыпланып атырған статьясы санкциясында көрсетилген жазадан да жеңилирек жаза шаралары қолланылды.

Көрсеткишлери артқан ҳуқықбузарлық түрлери талқыланғанында майда бийзарылық 20,7 процентке, автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў жумысларына байланыслы лицензиясиз шуғылланыў 18,8 процентке, ишки ислер уйымлары хызметкериниң нызамлы талапларына бойсынбаў 13,1 процентке, мәс ҳәлында транспорт қуралларын басқарыў 7,7 процентке көбейген.

Көрип тамамланған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер бойынша сорастырыў уйымлары тәрепинен жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыў бойынша 866 усыныс шығарылды.

Судлар тәрепинен көрилген жынаят ислериниң 32,8 проценти, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислердиң 27,8 проценти көшпели суд мәжилислеринде көрилди.

Хабарыңыз бар, нызам талапларына бола, суд қарарларының нызамлығы, әдалатлығы ҳәм тийкарланғанлығы апелляция, кассация ҳәм ревизия тәртибинде тексериледи.

2024-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы суды жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясында жәми 709 шахстың қарсысындағы 453 жынаят иси көрилип, соннан 71 шахстың қарсысындағы суд қарарлары бийкар етилди, 100 шахстың қарсысындағы суд қарарлары өзгертилди, кассация инстанциясында 134 шахстың қарсысындағы 115 жынаят иси көрилип, соннан 23 шахстың қарсысындағы 0,7 процент суд қарарлары бийкар етилди, 30 шахстың қарсысындағы 1 процент суд қарарлары өзгертилди. Ревизия инстанциясында 294 шахстың қарсысындағы 228 жынаят иси көрилип, соннан 33 шахстың қарсысындағы суд қарары бийкар етилди, 46 шахстың қарсысындағы суд қарары өзгертилди.

Апелляция, кассация ҳәм ревизия инстанциялары тәрепинен 16 шахстың қарсысына ақлаў ҳүкимлери шығарылды.
Сондай-ақ, апелляция ҳәм кассация инстанцияларында жәми 739 шахстың қарсысындағы 689 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислери көрилип, 368 шахстың қарсысындағы суд қарарлары өзгериссиз қалдырылды, 282 шахстың қарсысындағы суд қарарлары бийкар етилди, 89 шахстың қарсысындағы суд қарарлары өзгертилди.

Судлар тәрепинен жынаятлардың себеплери ҳәм оны келтирип шығарған шараятлар үйренилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде 1248  айрықша уйғарыўлар шығарылды ҳәм тийислилиги бойынша кәрхана, мекеме, шөлкемлерге ҳәм басқа да өзин-өзи басқарыў уйымларына жиберилди.

Жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен халықтың ҳуқықый мәдениятын асырыў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетинде кәрхана, мекеме-шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәмде халық арасында улыўма 783 мәрте баянатлар жасалып, ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилди.

Ғалаба хабар қуралларында 825,  соннан телевидениеде 176 көрсетиў, радиода 118 еситтириў шөлкемлестирилип, газета ҳәм журналларда 72, веб-сайтларда 459 мақала жәрияланды.

Буннан тысқары, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған қәте-кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў, суд тәжрийбесин қәлиплестириў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде 207 мәрте улыўмаластырыўлар өткерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге 202 усыныс киргизилди.

Әлбетте, баслы мақсетимиз – әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў болып есапланады. Себеби, елимизде инсан қәдири ҳәмме нәрседен жоқары турады.

 

А.Адилов,

Қарақалпақстан Республикасы судының

жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.