Офицер ҳәм сержант ҳаял-қызлардың дослық беллесиўи

287

Нөкис қаласында “8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен ҳуқық қорғаў уйымларында хызмет етип атырған офицер ҳәм сержант ҳаял-қызлардың қатнасыўында “Тумарис избасарлары” атамасында спорт жарыслары өткерилди.

Халықаралық спорт стандартларына муўапық өткерилген жарыста қатнасыўшылар 200, 400 ҳәм 800 метр аралықларға жуўырыў, АК-74 ҳәм ПМ қуралларын тез ўақыт ишинде толық болмаған бөлеклерге ажыратыў-жыйнаў ҳәм эстафеталық жуўырыў түрлери бойынша беллести.

Қызғын өткен жарыс жуўмағына бола, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги командасы биринши, Бажыхана басқармасы командасы екинши ҳәм Миллий гвардия Қорғаў басқармасы командасы үшинши орынларды ийеледи.

– Бажыханашы ҳаял-қызлар арасында 800 метрге жуўырыў бойынша Н.Алаўатдинова 3-орын, АК-74 ҳәм ПМ қуралларын тез ўақыт ишинде толық болмаған бөлеклерге ажыратыў-жыйнаў бойынша А.Турдымуратова 1-орын, эстафеталық жуўырыў түри бойынша 2-орын ҳәм жуўмақлаўшы есапта бажыханашы ҳаял-қызлар хызметкерлери сыйлы 2-орынды ийелеўге миясар болды,-деди басқарманың мәлимлеме хызмети бас инспекторы Ю.Кудиярова.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында да “8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни” мүнәсибети менен спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Басқарманың аттестатланған ҳәм еркин жалланған ҳаял-қыз хызметкерлери арасында волейбол, қысқа аралықларға жуўырыў, шахмат, шашка, дартс ҳәм ПМ оқ атар қуралын толық емес бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў бойынша болып өткен спорт жарыслары да қызғын беллесиўлерге бай болды.

Ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, командалық ойынлар арқалы аўызбиршиликти арттырыў ҳәм байрам кейпиятын бериў мақсетинде өткерилген жарысларда жеңимпазлар анықланып, сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги