Сәўбетлесиў ашық болса, машқалалар тез ҳәм нәтийжели шешиледи

252

Мойнақ районы сектор басшылары ҳәм мәкеме, кәрхана баслықлары тәрепинен район турғынларын қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў, тек ғана мүрәжатлерин тыңлап қоймастан, оларды өз орнында унамлы шешиў илажларын көриў мақсетинде қабыллаў өткерилди.

Әлбетте, мәмлекет ҳәм пуқара арасындағы байланыс қанша дәрежеде ашық болса, машқалалар сонша тез ҳәм нәтийжели шешиледи. Бул усы болып өткен пуқаралар қабыллаўында және бир мәрте көзге тасланды.

Қабыллаўға қатнасқан пуқаралардың кимиси жумыс пенен тәмийинлеў, және биреўи исбилерменлик жумысын кеңейтиў, айырымлары саламатлығын тиклеў, және басқасы коммунал тараўы бойынша машқалаларына шешим излеп келди.

Қабыллаў даўамында секторлар басшылары ҳәм мәкеме, кәрхана баслықлары тәрепинен айырым мүрәжатлерге ҳуқықый түсиниклер берилип, олардың өз ҳуқықларын билиўине жәрдем берилди. Сондай-ақ, шешими ўақыт талап ететуғын мәселелер қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги