Аўыл хожалығында қамсызландырыў системасы енгизиледи

268

Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте. Мәжилис күн тәртибинен мәмлекетимиздиң жәмийетлик -сиясий турмысына байланыслы бир қатар нызам жойбарларын додалаў орын алған.

Дәслеп «Аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

– Усы нызам  жойбары менен аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларының аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде тәбийғый  апатшылықлар, өрт, өсимликлердиң кеселликлер ҳәм зыянкеслерден  зыян көриўи, шарўа ҳайўанларының жуғымлы кесселиклерден набыт болыўы ҳәм зәҳәрлениўи ҳәм жабайы ҳайўанлар тәрепинен егинлердиң бүлиниўи ямаса аўыл хожалығы ҳайўанларына зыян жеткерилиўи бойынша қамсызландырыў  шәртнамаларын дүзиў нәзерде тутылмақта, – деди депутат Абдуманноп Бўриев. – Сондай-ақ, аўыл хожалығы қамсызландырыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеў, аўыл хожалығы тараўында тәўекелшиликлерди  қамсызландырыў  процесинде қатнасыўшы субъектлердиң  ҳуқық  ҳәм миннетлери көрсетилмекте.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў даўамында нормаларды дурыс билдириў, аўыл хожалығы өнимин жетистириўде қамсызландырыў  жеңилликлерин енгизиў, аўыл хожалығы қамсызландырыўы тараўында халықаралық қатнасықларды жолға  қойыў, усы тараўда муўапықластырыўшы мәмлекетлик уйымның ўазыйпаларын анық көрсетиў мәселелерине  айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, қамсызландырыў системасын толық санластырыў мақсетинде аўыл хожалығы қамсызландырыўы мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм онда өним жетистиретуғын ҳәм аўыл хожалығы қамсызландырыўы жумысына  байланыслы барлық мағлыўматларды топлаў ҳәм мәлимлемелер алмасыў имканиятын жаратыў, тараўдағы қамсызландырыў ҳәдийселерин үйрениўде  еркин экспертлерди тартыў ҳәм олардың еркинлигин тәмийинлеўге байланыслы нормалар өз көринисин тапқан.

Жойбарда аўыл хожалығы қамсызландырыў қорын шөлкемлестириў, қордың дәраматлары  ҳәм қәрежетлери,  қамсызландырыўы зәрүр болған тәўекелшиликлер, қамсызландырыў сыйлықлары бойынша субсидиялар бериўдиң ҳуқықый тийкарлары да белгиленбекте.

Статьяма-статья додалаўлар даўамында депутатлар айырым нормалар  бойынша сораў ҳәм усынысларды ортаға таслады. Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи менен мәмлекетимизде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде қамсызландырыў  системасы енгизиледи ҳәм өним жетистириўшилерге қолайлы шараятларды жаратыўға, аўыл хожалығы егинлерине қәўип-қәтерлер себепли зыян жеткен жағдайларда зыянның орнын қаплаўдың ҳуқықый тийкары жаратылады.

Нызам жойбары қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА