«Паркент тәжирийбеси» әмелде иске аспақта

Тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериўди еле де жақсылаў ҳәм газ тармақларында газ шығынларын азайтыў мақсетинде, «Паркент тәжирийбеси» тийкарында «Автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаўы балансы» жойбары бойынша мәмлекетимиздиң барлық аймақлары сыяқлы, Қарақалпақстанда да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, усы тәжирийбени турмыста сынаў мақсетинде, ҳәзирги ўақытта ҳәр бир районнан бир аймақ таңлап алынып, «Автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаўы балансы» жойбары бойынша жумыслар алып барылмақта.
Соның ишинде, Нөкис районында жойбар тийкарында Дийқан арна мәкан пуқаралар жыйыны таңлап алынған. Ҳәзирги күни бул аймақтағы 6 көшеде 106 хожалық жайласқан болып, ондағы газ тармақларының 1,3 километрлик бөлеги жер үстинде жайласқан.
-Таңлап алынған бул аймақта жойбар шеңберинде газ тәмийнаты системасы түп-тийкарынан жаңаланып ҳәм ҳәр бир хожалыққа заманагөй энергия үнемлеўши газ үскенелери орнатылды,-дейди Нөкис районлық газ тәмийнаты бөлиминиң «табийгый газ обектлеринен нәтийжели пайдаланыў» бөлими қәнигеси Азамат Бийсенбаев.-Соннан газ есаплаў үскенелерине регуляторлар орнатылып, олар үш басқышлы системадан еки басқышлы системаға өткерилмекте. Елаттың кире берисиндеги газ ретлеў пунктине газ есаплағыш орнатылып, барлық көшелерге қадағалаў системасы жолға қойылмақта.

Соны айтып өтиўимиз керек, бул автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаўы балансы системасының иске түсирилиўиниң тийкарғы мақсети, жыллық газ шығынларының алдын алыў, сондай-ақ, тутыныўшыларға жеткерип берилетугын тәбийғый газ тәмийнатын және де жақсылаўдан ибарат.
Ҳәзирги суўық күнлери де тараў қәнигелери тәрепинен бул бағдардағы жумыслар республикамыздың барлық аймақларында қызғын даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы