Ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў жолында

Елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, олардың ҳәр қыйлы тараў ҳәм тармақларда өз қәбилет ҳәм имканиятларын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратыў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
ӨзЛиДеП елимиз ҳаял-қызларының өмирде жақсы жасаўы ушын барлық шараятларды жаратыў жолында бир қатар нәтийжели жойбарларды әмелге асырып келмекте.
Партияның мине, усындай жойбарларынан бири болған «Саламатлыққа қарай» ҳәм «Бир депутат – жүз ҳаялға жәрдемши» жойбарлары шеңберинде өткерилген гезектеги «ӨзЛиДеП онкологиялық кеселликлерге қарсы» акциясы Нөкис қалалық “РЕАЦЕНТР НУКУС” жеке меншик медицина мәкемесинде шөлкемлестирилди.
Жәрдемге мүтәж ҳәм аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў, халық арасында кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, саламатландырыў жумысларын жақсылаў, жуқпалы кеселликлер келип шығыўының алдын алыўға қаратылған бул илажда Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Замира Айтбаева, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң питкериўши студент-қызлары ҳәм медицина хызметкерлери қатнасты.

-Бул илаждан гөзленген тийкарғы мақсет, ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығын қорғаў, тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў, емлеў процедураларын белгилеў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, шаңарақты беккемлеў, тартыслы жағдайлар ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў тараўында кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў болып есапланады, – дейди депутат Замира Айтбаева.
Илаж даўамында ҳаял-қызлар медициналық тексериўлерден өтип ғана қалмастан, усы медицина орайының жумысы менен жақыннан танысты. Орай балалар арасында ушырасатуғын неврология ҳәм рефлексотерапия кеселликлери, әсиресе, ҳәзирги ўақытта жәмийетимизде көп ушырасып атырған аутизм кеселлигин емлеп, жас аналарға медициналық ҳәм руўхый мәсләҳәтлер берип келмекте. Орайдың дефектолог шыпакери Зухра Сратдинованың атап өтиўинше, ҳәзир дүньядағы ҳәр 88 баланың биреўинде аутизм бақланып, оның келип шығыў себеплеринен бири бул – ҳәмиле ана қарнындағы дәўиринде белгили бир түрдеги белоклардың жетиспеўшилиги екенлигин айтады.
Кеселликтиң ҳәзирги күнде анық еми жоқ екенлиги себепли, шыпакер ҳаял-қызлар ҳәм жас өспирим қызлардың өз саламатлығына итибар қаратыўын, жылына 2 мәрте тереңлестирилген медициналық тексериўлерден өтип турыўын сорады.
Ҳақыйқатында да, перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал болып камалға келиўинде шаңарақ шам шырағы болған ҳаялдың саламатлығы әҳмийетли орын иелейди. Ҳаял-қызларымыздың саламатлығында болса, өз ўақтында өткерилген медициналық тексериўлер үлкен әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги