Сенатта елшилер менен ушырасыўлар болып өтти

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов ҳәм Египет Араб Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тамир Фатҳи Абдусалом Ҳаммад пенен ушырасты.
Онда еки мәмлекет парламентлери арасындағы қатнасықлар, соның ишинде, усы жыл 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында өткерилетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында Египет парламенти делегациясының қатнасыўы ҳаққында пикир алысылды.
Мийманға бундай абырайлы илаж Өзбекстан тарийхында биринши мәрте өткерилетуғына ҳәм онда Парламентлер аралық аўқамға ағза болған 190 ға шамалас мәмлекеттен дерлик 2 мың парламент ағзалары қатнасатуғыны ҳаққында мағлыўмат берилди.
Т.Ҳаммад бул илажға қатнасыў ушын Египет Араб Республикасы Парламенти баслығы басшылығындағы 14 делегация ағзасы Өзбекстанға сапар ететуғынын атап өтти.
Тәреплер Парламентлераралық аўқам ассамблеясы менен байланыслы шөлкемлестириў мәселелери бойынша пикирлер алысты.
***
Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Оразгул Қозихонова Латвия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Рейнис Трокша менен ушырасты.

Онда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў ҳәм гендер зорлыққа қарсы гүресиў тараўларында миллий нызамшылықты буннан былай да жетилистириў, изертлеўлер өткериў және бул бағдарда тийисли шөлкемлер ҳәм уйымлар менен сөйлесиўлер алып барыў мәселелери додаланды.
Гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың барлық бағдарларда ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиў бойынша Өзбекстан тәжирийбеси мақтаўға сазаўар екени атап өтилди.
Соның менен бирге, Латвия елшиси ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин арттырыў, оларға оқыўлар шөлкемлестириў, гендер таллаў өткериў, статистикалық мағлыўматларды жыйнаў, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша тәжирийбе алмасыўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында додаланған мәселелер тийкарында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА