«Шаңарақ ҳуқықы» үгит-нәсият айлығы өткериледи

389

МҒКАда шөлкемлестирилген брифингте Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызметиниң басшысы Саодат Боймирзаева тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилиўинше, басым ҳәм зорлықтан жәбирленген 5 мың 472 ҳаял-қыздың шаңарақлары менен ислесиўдиң нәтийжесинде 2 мың 546 шаңарақ жарастырылған. 2 мың 747 шаңарақтағы келиспеўшиликлер сапластырылған. 12 ҳаял Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайларына жиберилген.

Сондай-ақ, профилактикалық есапта турғын 489 ҳаял-қыздың жумысқа орналасыўына жәрдемлесилди, 624 ине материаллық ҳәм социаллық жәрдемлер көрсетилди, 196 сының емлениўге зәрүрлиги анықланып, медициналық мәкемелерге жайластырылды.

271ине шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди қайта тиклеўде әмелий жәрдем көрсетилип, 73 қыз билимлендириў мәкемесине қайтарылды ҳәм 25и Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайларына жиберилди.

Қәнигениң сөзлерине қарағанда, шаңарақ институтын беккемлеў бойынша нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў, шаңарақ-турмыс қатнасықлары шеңберинде ҳәм ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, ҳаял-қызларды ҳәм балаларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў, шаңарақта ҳуқықый мәдениятты арттырыў мақсетинде Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети және Ишки ислер министрлиги менен биргеликте усы жылдың 3-31-март күнлери «Шаңарақ ҳуқықы» үгит-нәсият айлығы өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги