Төгин қар арқалы тамырларға толық жетип барады

Жаўған қалың қардан нәтийжели пайдаланып қалыў мақсетинде орынларда бийдай егилген атызларға төгин бериў жумыслары даўам етпекте.
Хожели районы аймағындағы ғәлле майданларында да тараў ўәкиллериниң усыныслары тийкарында арнаўлы техникалар жәрдеминде ғәлле майданларын азықландырыў илажлары әмелге асырылмақта.

Ғәллешиликте әҳмийетли агротехникалық илажлардан бири бул – атызларды минерал ҳәм жергиликли төгинлер менен азықландырыў болып есапланады. Гүзлик бийдай бәҳәрде ҳәм раўажланыў дәўиринде жетерли муғдарда төгинлер менен тәмийинлениўи өсимликтиң жақсы тамыр жайыўына ҳәм өсип-раўажланыў процесслерине унамлы тәсир көрсетеди.
Ғәлле майданларына азотлы минерал төгинлер жетерли муғдарда қолланылса, бийдай масақлары толық раўажланады ҳәм дәнлердиң саны да артады. Бундай агротехникалық илажлар өз гезегинде топырақтың өнимдарлығын арттырыў менен бирге, өсимликти зәрүр болған микроэлементлер менен тойындырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги