Жер участкаларын компенсация есабынан жәмийетлик талаплар ушын алып қойыў тәртиби қандай?

334

Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети тәрепинен «Жер участкаларын компенсация есабынан жәмийетлик талаплар ушын алып қойыў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамның мәнис-мазмунын түсиндириў бойынша семинар өткерилди.

Семинарда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине тийисли болған имарат ҳәм объектлер жайласқан жер участкалары алып қойылыўы мүнәсибети менен мүлк ийелериниң нызамлы ҳуқықлары ҳәм мәплериниң кепилликлерин және де беккемлеўди тәмийинлеў ҳәм усы мүнәсибет пенен жеткерилген зыянларды қаплаўда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар ўәкиллериниң мәлимлемелери тыңланды.

Сондай-ақ, жер участкаларын компенсация есабынан жәмийетлик талаплар ушын алып қойыўдың ҳуқықый тийкарлары, жер участкасы ҳәм онда жайласқан көшпес мүлк объектлери ушын ҳуқық ийелерине компенсация ажыратыў тәртиби ҳәм көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың сапластырылыўы ҳәм бул бағдардағы машқала ҳәм кемшиликлер бойынша пикир алысылды.

Додалаўда жергиликли кеңеслердиң жер участкасын алып қойыў ҳаққындағы қарар жойбарлары «E-qaror» бирден-бир электрон системасы арқалы Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаят ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары тәрепинен ҳуқықый экспертизадан өткерилиўи ҳәм оның нәтийжеси бойынша тийисли ҳуқықый жуўмақлар берилиўине айрықша итибар қаратыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Семинарда қатнасқан халық депутатлары жергиликли кеңеслер секретариатлары, мәпдар уйымлардың ўәкиллери өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды. Жер участкаларын компенсация есабынан жәмийетлик талаплар ушын алып қойыў бойынша пайда болып атырған машқала ҳәм кемшиликлердиң алдын алыў бойынша зәрүр пикир-усыныслар берилди.

Н.Абдураимова, ӨзА