Ҳиндстанға хызмет сапары нәтийжели болды

304

Медицина тараўында халықаралық бирге ислесиў ҳәм сырт ел тәжирийбесин елимизге алып кириў бойынша, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бир қатар унамлы илажлар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың 20-25-февраль күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбановтың басшылығындағы делегация ағзалары Ҳиндстан мәмлекетинде хызмет сапарында болды.

Елимизден келген делегация ағзалары көпшиликке белгили “Шарда Ҳоспитал” клиникасының директоры мырза Гопта тәрепинен қызғын күтип алынды ҳәм ол жерде тәжирийбели шыпакерлер ҳәм басқа да қәнигелер менен пикир алысып, клиникада жаратылған имканиятлар менен танысып шықты.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Курбанов хызмет сапары даўамында “Шарда Ҳоспитал” клиникасының директоры мырза Гопта менен денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыў мақсетинде өз-ара бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойды.

– Меморандум тийкарында елимизде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылады. Яғный, усындай аралықтан бирге ислесиўлер шеңберинде, сырт ел медицинасының тәжирийбесин елимизде қолланыў ҳәм медицина хызметкерлерин сырт еллерде оқытып, тәжирийбелерин арттырыў нәзерде тутылған. Солай екен, бундай хызмет сапарлары бир жағынан сырт елли кәсиплеслеримиз бенен тәжирийбе алмасыў болса, екинши жағынан медицина туризминиң раўажланыўына себеп болады. Әлбетте, раўажланған медицина бар жерде, наўқаслар ушын да ҳәр тәреплеме имканиятлар жаратылады. Мәмлекетимизде медицина қанша раўажланса, пуқаралар ушын қолайлықлар болады,-дейди министрликтиң инвестицияларды тартыў және мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм ауцорсингти раўажландырыў секторының бас қәнигеси Замира Палуаниязова.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги