Талантлы студент-жасларымыздан үмитимиз көп

Жоқары билимлендириўде заманагөй реформалар
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде бүгинги күнде жәми 1072 профессор-оқытыўшы, атап айтқанда, 47 илим докторы (DSc) ҳәм профессоры, 376 илим кандидаты, философия докторлары (PhD) ҳәм доцентлер илимий-педагогикалық жумысларды әмелге асырмақта.
Университетте илимий потенциал 39,5 процентти қурайды. Усы илимий потенциал көрсеткишин арттырыў мақсетинде өткен 2024-жыл даўамында 76, атап айтқанда, 8 илим докторлығы (DSc) ҳәм 68 философия докторлығы (PhD) диссертациялары қорғалды. 2024-жылдағы унверситетте илимий ҳәм инновациялық жумыслардың барысы быйылғы “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры, география илимлериниң докторы, профессор Изимбет Турдымамбетов төмендегише мағлыўматларды берди:
- Ҳәзирги ўақытта университет жанында техника, биология, тарийх, экономика, қарақалпақ филологиясы, салыстырмалы филология, юридика, архитектура сыяқлы тийисли қәнигеликлер бойынша илимий дәрежелер беретуғын жәми 11 илимий кеңес жумыс ислеп турыпты.
Усы илимий кеңеслерде 2024-жылдың басынан усы күнге шекем 87 диссертация қорғалды. Атап айтқанда, усы жылдың өзинде университеттиң илимий потенциалын және де арттырыў, илимий-педагог кадрлар таярлаўдағы үлесин кеңейтиў мақсетинде университет жанында жаңадан бир илимий кеңес, яғный 18.00.01 – Архитектура теориясы ҳәм тарийхы. Архитектура естеликлерин оңлаў ҳәм қайта тиклеў қәнигелигинен архитектура пәнлери бойынша илимий дәрежелер беретуғын Илимий Кеңес дүзилди.
Сондай-ақ, университетте өткен жыл даўамында 28 пән қәнигеликлери бойынша докторантура институтында жәми 243, соннан 221 таяныш докторант, 5 докторант, 12 өз бетинше излениўши ҳәм 5 стажёр-изертлеўши оқыған болса, 2025-жылдың басынан берли 32 пән қәнигеликлери бойынша докторантура институтында, жәми 318, соннан 259 таяныш докторант, 9 докторант, 46 өз бетинше ҳәм 4 стажёр-изертлеўши оқымақта.
2024-жыл даўамында университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен Scopus ҳәм Web of Science халықаралық мағлыўматлар базаларындағы илимий журналларда жәми 169 мақала, атап айтқанда, Scopus халықаралық мағлыўматлар базаларындағы илимий журналларда 139 мақала ҳәм Web of Science халықаралық мағлыўматлар базаларындағы илимий журналларда 30 мақала, ЖАК (жоқары аттестация комиссиясы) дизиминдеги Республика илимий журналларында 1134, ЖАК дизиминдеги импакт факторы жоқары болған басқа сырт ел илимий журналларында 708 мақала, халықаралық конференция материаллары топламларында 1222 тезис, ал республика конференция материаллары топламларында 1207 тезис басып шығарылды, соның менен бирге, 148 монографиялар баспадан шығарылды.
Университетте 2024-жылдың басынан берли усы күнге шекем мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде жәми баҳасы 2 млрд. 650 млн. 914 мың сумлық 8 әмелий, инновциялық, стартап ҳәм халықаралық грант жойбарлары және инвестициялық бағдарлама шеңберинде арнаўлы бир илимий-изертлеў жумыслары әмелге асырылып, олар бүгинги күнде даўам етпекте.
2024-жылы тараўлар буйыртпасы тийкарында 629,5 млн. сум муғдарындағы 42 хожалық шәртнамасы әмелге асырылды.
2024-жылы санаат үлгиси, пайдалы модель ҳәм ойлап табыўлар ушын 7 патент, мәлимлеме-коммуникациялық технологияларға тийисли программалар ҳәм электрон мағлыўматлар базалары ушын 229 авторлық гүўалықлар алынды.
2024-2025-оқыў жылында университеттиң зийрек студентлеринен 51 студент, соннан 36 студент мәмлекетлик ҳәм ҳәр түрли арнаўлы стипендиялар және грантлар (атап айтқанда, 2 студент Президент стипендиясы, 1 студент Президент гранты, 8 студент Наўайы, 3 студент Беруний, 2 студент Улығбек, 1 студент Ислам Каримов, 1 студент Төлепберген Қайыпбергенов, 1 студент Ибрайым Юсупов, 1 студент Паҳлавон Махмуд, 1 студент Бабур, 1 студент Камолиддин Беҳзод, 2 студент Т.Саримсақов атындағы ҳәм 12 студент Бердақ атындағы) таңлаўларында, сондай-ақ,
15 студент халықаралық ҳәм республикалық (атап айтқанда 10 студент халықаралық ҳәм 5 студент республикалық пән олимпиадалары жеңимпазы, соның менен бирге, 8 студент (3 студент “TechnoWays” технологиялық раўажланыў марафоны таңлаўы жеңимпазы, 3 студент “Мырза Улығбек мийрасхорлары” таңлаўы жеңимпазы, 1 студент “Болажақ алым” таңлаўы шеңберинде ѳткерилген “Ҳаяллар бизнесине биринши қәдем” илимий идеялар таңлаўы, 1 студент стартап проекти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси таңлаўы жеңимпазы) стартап ҳәм турли жойбарлар таңлаўлары жеңимпазлары болды.
Соның ишинде, атап өтиў орынлы, 2024-жыл 3-8-март күнлери Түркменстан Республикасының Ашхабад қаласында өткерилген математика пәни бойынша Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы II Халықаралық пән олимпиадасында ҳәм Университет студентлери ушын халықаралық ашық математика олимпиадасында (Open Mathematical olympiad fo University students (OMUS-2024)) Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлеринен жәми 10 студент, атап айтқанда, 3 студент алтын, 3 студент гүмис, 4 студент бронза медалын қолға киргизди, Университеттиң инталы студентлери жәмәәти усы олимпиадаларда топарлық есапта сыйлы биринши орынды ийеледи. 1 студент математика пәни бойынша Қори-Ниёзий атындағы республика пән олимпиадасында 3-орын ийеси болды.
Университетимизде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 2024-жыл 20-марттағы арнаўлы буйрығына муўапық жәми 14, атап айтқанда, 5 халықаралық ҳәм 9 республика көлеминдеги конференциялар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 16-июльдеги “Атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанлығының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында”ғы қарарының 3-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2024-жыл 26-октябрь күни университет тәрепинен “Әжинияз Қосыбай улы – қарақалпақ әдебиятының мақтанышы” атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциясын шөлкемлестирип, оны жоқары дәрежеде өткериўге ҳәрекет етти.
Университет тәрепинен 2025-жылы жәми 21, атап айтқанда 6 халықаралық ҳәм 15 республикалық көлемде конференциялар өткерилиўи режелестирилген.
Атап айтқанда, март айында “Турақлы раўажланыў ушын химия ҳәм азық-аўқат технологиялары тараўындағы заманагөй илимий-технологиялық ҳәм билимлендириў бойынша бирге ислесиўлер”, май айында “Студентлерди бирлестириў: пәнлераралық халықаралық изертлеў ҳәм бирге ислесиў”, “Мәдениятлар көшеси кесилиспесиндеги Қубла Аралбойы цивилизациясы тарийхы”, июнь айында “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм экологиялық мәдениятты жетилистириў мәселелери”, ноябрь айында “Ҳәзирги қарақалпақ филологиясының әҳмийетли мәселелери (Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигине 90 жыл толыў мүнәсибети менен)”, декабрь айында “Халықаралық тәжирийбе: Электр энергиясын өндиристе шығындыларды қайта ислеў мәселелери” атамасында халықаралық конференция өткерилиўи режелестирилмекте. Сондай-ақ, 15 тен аслам республикалық көлемде әҳмийетли мәселелерге бағышланған конференциялардың шөлкемлестирилиўи белгилеп алынған.
2025-жылы әмелге асырылыўы белгиленген ең әҳмийетли режелердиң бири университетте илимий потенциал көрсеткишин 43 процентке жеткериў болып есапланады. Университет жанында университет ҳәм Қубла Кореяның Ёнг ИН СОН компаниясы (Young IN SN Co.LTD.) арасындағы өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум тийкарында улыўма баҳасы 10 млн. АҚШ долларына тең болған аўыл хожалығы өнимлери ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илимий изертлеў лабораториясы ушын әсбап-үскенелер комплексин университетте қурып, пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Жазып алған: Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги