Жас қылышпазларымыз Азия чемпионы

469

Кувейтте қылышпазлық бойынша жаслар арасында Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти. Жарыстың соңғы күнинде болып өткен командалық беллесиўлерде шпага ҳәм сабля бағдарларында қызларымыз алтын медалларды қолға киргизди.

Атап айтқанда, шпагашы қызларымыз Азиза Ҳамидова, Дилназ Мурзатаева, Санам Назарова ҳәм Бийбимәрьям Сапарова жарыс даўамында Иордания, Сингапур, Қытай Тайпейи ҳәм финалда Японияны жеңилиске ушыратты.

Ал, Гүлистан Пердебаева, Фернанда Эррера, Самира Шокирова ҳәм Аякөз Жумамуратовадан ибарат сабляшыларымыз болса, Сингапур, Корея Республикасы ҳәм Гонконг сайланды командаларын жеңип, Азия чемпионы атағына миясар болды.

Солай етип, Азия бириншилигинде 5 алтын ҳәм 1 қола медалларын ийелеген жасларымыз, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге еристи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги