Ерназар Сарсенбаев қола медалын жеңип алды

Кеше Ташкент қаласында «Юнусобод» спорт комплексинде дзюдо бойынша «Үлкен Дуўлыға» дүркинине кириўши жарыс өз жуўмағына жетти.
Үш күн даўам еткен беллесиўлер жуўмағында, Өзбекстан сайланды командасы 1 алтын, 3 гүмис ҳәм 8 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Қарақалпақстанлы спорт жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, бул жарыста Ерназар Сарсенбаев та қатнасты.
Атап айтқанда, ол дәслепки басқышта тәжикстанлы Кароматулло Ҳакимовты жеңген болса, екинши турда кубалы Силва Моралеске жеңилип қалды. Буннан соң ол қола медалы ушын беллесиўге қатнасыў ҳуқықын қолға киргизиў ушын қазақстанлы Бийбит Мадиев пенен гүрести ҳәм оны жеңип шығыўға еристи.
Ал, қола медалы ушын беллесиўде япониялы Мики Нозомуды голден-скор яғный, қосымша минутларда жеңип шығыўға миясар болды ҳәм «Үлкен Дуўлыға» дүркинине кириўши жарыслардағы өзиниң дәслепки медалына ийе болды.
Жерлесимизди бул табысы менен қызғын қутлықлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы