Әмиўдәрья районында көргизбели семинар өткерилди

292

Әмиўдәрья районында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген жаңа система тийкарында «Халықтың қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыўы арқалы дәраматларын арттырыў илажлары» атамасында көргизбели семинар басланғаны туўралы алдын хабар берген едик.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары-Президент Халық қабыллаўханасы баслығы У.Муҳаммадиев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Семинар шеңберинде қатнасыўшылар райондағы «Жайхун» АПЖдағы «Нукус Дилиша» ЖШЖ тәрепинен иске түсирилген «Ун ислеп шығарыў» жойбарының ашылыў мәресиминде болды.

Мийманлар кәрхана жумыслары менен жақыннан танысты.

Сондай-ақ, исбилермен тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбеси жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Буннан соң, семинар қатнасыўшылары «Чойкўл» АПЖдағы М.Нарбаев тәрепинен қыйтақ жеринде ҳәм дийқан хожалығында шөлкемлестирилген ыссыхана, сондай-ақ, «Орта қала» АПЖда қыйтақ жериндеги 1 гектар майданда шөлкемлестирилген ыссыханадан мол өним алып атырған Р.Юсуповтың жумысы менен танысты. Ол жерде пуқаралар тәрепинен кооперация тийкарында шөлкемлестирилген ыссыханаларда нәл ҳәм овощ жетистириў жумысын көзден өткерди.

Семинар даўамында «Чойкўл» АПЖ аймағында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек нәллерин егиў илажы шөлкемлестирилип, онда 2 гектар жер майданға мийўели терек нәллери егилди.

Илажда жаслар, нураныйлар, Республика, қала ҳәм район сектор басшылары қатнасты.

Буннан соң «Чордара» МПЖдағы «Томорқа хизмати» ЖШЖ тәрепинен халыққа 12 бағдарда хызмет көрсетиў ҳәм 1 гектар майданда шөлкемлестирилген ыссыхананың жумыслары көзден өткерилди.

Сондай-ақ, илаж даўамында белсенди қыйтақ жер ийелери ҳәм фермер хожалықлары басшыларына арнаўлы техникалар салтанатлы түрде тапсырылып, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын айрықша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары тийкарында жаратылған имканиятларына кең түрде тоқтап өтилди.

Буннан кейин, семинар шеңберинде алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары-Президент Халық қабыллаўханасы баслығы У.Муҳаммадиев, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Маҳкамова шығып сөйледи.

Мәжилисте орынлардағы аўыр шараяттағы мәҳәллелерди абат етиў, пуқаралардың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў мәдениятын арттырыў, «бир мәҳәлле бир өним» өлшеми тийкарында жумысларды шөлкемлестириў ҳәм пуқаралар тәрепинен кооперациялар дүзилиўине жәрдемлесиў, ең баслысы, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги