Египетке Өзбекстан өнимлерин жеткериўдиң көлеми кеңейеди
353

Өзбекстанның Египет Араб Республикасындағы елшиханасында усы мәмлекет Азық-аўқат санааты палатасы баслығының орынбасары Амал Самир менен ушырасыў өткерилди.
Сөйлесиў барысында басқышпа-басқыш бирге ислесиўди жолға қойыў, биргеликте азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм экспорт-импортты шөлкемлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Египетке елимизде жетистирилетуғын аўыл хожалығы өнимлери, атап айтқанда, мийўе-овощ ҳәм кептирилген мийўе жеткериўдиң көлемин буннан былай да кеңейтиўдиң имканиятына қызығыўшылық билдирди.
Ушырасыў жуўмағында елимиздеги түрлес компаниялар менен шериклик орнатыў ушын еки мәмлекеттиң исбилерменлик субъектлери қатнасыўында онлайн ушырасыў шөлкемлестириўге келисилди.
ӨзА