Cоциаллық жойбарларды қаржыландырыўда БЕМниң 60 есесине шекем грантлар ажыратылады

Елимизде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары менен қамтып алыў, социаллық жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиўдиң жәмийетлик әдиллик нормасына тийкарланған ашық-айдын ҳәм санластырылған жаңа системасын енгизиў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта.
«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир пуқараны өзи ҳәм перзентлериниң келешеги ушын жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға шақыратуғын ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў ушын имканият жаратыў және социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўдиң көлемин кеңейтиў арқалы шаңарақлардың мийнет етиў имканиятын шеклейтуғын себеплерди сапластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
«Инсан» орайлары тәрепинен аўыр аўҳалға түсип қалған ҳәм қыйын жағдайға түсип қалыў қәўпи жоқары болған адамлар менен шаңарақларға тиккелей мәҳәлле дәрежесинде комплекли қатнас жасаў тийкарында 102 түрдеги профессионал социаллық хызметлер көрсетилмекте.

Президентимиздиң усы жыл 30-январьдағы «Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы усы тараўдағы реформалардың логикалық даўамы болды.
Бул ҳүжжет пенен 2025-жыл 1-апрельден баслап «Социаллық дәптерлер» қорлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлардың реестирине киргизилген шаңарақларға, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақларға да берилиўи белгиленген.

Соның менен бирге, 1-апрельден баслап, «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» қорлары арқалы исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге зәрүр болған әсбап-үскенелер, мийнет қураллары, туқымлық ҳәм нәллер сатып алыў ушын төленетуғын ссуда ҳәм субсидиялар ажыратылады.
Сондай-ақ, кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ушын «Социаллық дәптерлер» қорлары арқалы қоллап-қуўатлаўдың жаңа инструментлери енгизиледи. Оған бола, социаллық жойбарларды қаржыландырыў ушын тийисли түрде «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорларының есабынан базалық есаплаў муғдарының 60 есесине шекем грантлар ажыратылады.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслардың жағдайын үйрениў бойынша жумысшы топары, Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер комитети және ХДП фракциясы менен биргеликте өткерилген «Халықты социаллық жақтан қорғаў системасын қаржыландырыўдың жаңа механизмлери» темасындағы семинарда айтып өтилди.
Семинарда Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жуўапкер адамлары тәрепинен аймақларда социаллық хызметлер көрсетиў ҳәм онда «Инсан» орайларының орны, жумысы ҳәм олардағы социаллық қатламға көрсетилетуғын 102 түрдеги хызметлер бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзАның хабаршысы