Өзбекстанда Омбудсман дүзилгенине 30 жыл толды

Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласында «Таза ҳәм қолайлы қоршаған орталық – инсан ҳуқықларын тәмийинлеў кепиллиги» темасында халықаралық конференция болып өтти.
Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарының координаторы, Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт қорлары менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда 20 дан аслам сырт еллердиң инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилликли уйымлары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманның ашылыўында Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева, Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддион Исмоилов, Өзбекстан Омбудсманы Феруза Эшматова Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, бәринен бурын, инсан мәпи, оның ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиўге қаратылғанын атап өтти. Жаңаланған Бас нызамымызда инсан ҳуқықларының қорғалыўына қаратылған нормалар үш есеге күшейтилди. Инсан ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеўде Омбудсман институты избе-из жумыс алып бармақта.
БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужии, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлары координаторы Антти Карттунен, Халықаралық Омбудсман институты президенти Нашиели Эрнандез омбудсман институты – инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын, Өзбекстанда бул мәселеге айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Әсиресе, қыйнаў жағдайларының алдын алыўда Омбудсман әмелий жумысларды жолға қойды. Глобал климат өзгериўи шараятында пуқаралардың таза қоршаған орталыққа болған ҳуқықларына да итибар қаратылып атырғаны мақтаўға ылайық. Усы жағынан өз-ара бирге ислесиўди даўам еттиремиз, деди халықаралық бирге ислесиўшилер.

1995-жыл 23-февральда Омбудсман институты ҒМДА мәмлекетлери арасынан бириншилерден болып Өзекстанда енгизилгенин атап өтиў керек. Өткен дәўир даўамында тиккелей пуқаралардың мүрәжатлери менен ислесиўши Омбудсман жумысына инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўдың жаңа заманагөй ҳәм нәтийжели механизмлери қолланылды.
Ўәкилдиң мүрәжатлер менен ислесиў процеси толық санластырылды ҳәм пуқараларға қосымша қолайлықлар жаратылды. 2022-жылдан Омбудсманның регионаллық ўәкиллери турақлы түрде жумыс баслады. Бул мүрәжатлерди орнында тезлик пенен шешилиўине хызмет етпекте. Қалаберди, Омбудсман ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген жабық мәкемелерде сақланып атырған шахслардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда өзиниң мүнәсип орнына ийе болды. Әҳмийетлиси, Омбудсман пуқаралар мүрәжатлери тийкарында шешилиўи керек болған мәселелерге ҳүкиметтиң итибарын қаратып келмекте.
Халықаралық илажда инсан ҳуқықлары ҳәм қоршаған орталық арасындағы өз-ара байланыслылықты сәўлелендириў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың таза орталықта жасаў ҳуқықын беккемлеўге қаратылған пикирлер алға қойылды. Сондай-ақ, илажда сырт еллердиң Омбудсманлары, миллий институтлар, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм халықаралық шөлкемлер арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
Бизге белгили, ҳәзирги күнде экологиялық жағдайдың кескин өзгериўи, ҳаўа ҳәм суў ресурсларының патасланыўы, топырақтың эрозияға ушыраўы ҳәм шөллениў процесслериниң күшейиўи инсаниятқа аўыр тәсир етпекте. Биокөптүрлилик, жер асты байлықлары ҳәм тоғайлардың азайып барыўы тәбийғый баланстың бузылыўына себеп болып атырған факторлардан болып есапланады. Бул болса, тек ғана қоршаған орталыққа емес, ал инсанлардың күнделикли турмысы, денсаўлығы ҳәм мийнет шараятларына да унамсыз тәсир көрсетиўи сыр емес.
Халықаралық конференция өз жумысын сессияларға бөлинген ҳалда алып барды. Сессияларда таза ҳәм қолайлы қоршаған орталықты тәмийинлеўде инсан ҳуқықларын қорғаў, халықаралық ҳәм регионаллық ҳүжжетлердиң ролин беккемлеўге итибар қаратылды.
Түркия, Венгрия, Монголия, Италия, Әзербайжан, Россия, Таиланд, Қатар, Марокаш, Тәжикстан, Қырғызстан, Түркменстан сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбелери көрип шығылды.
Пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеўде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў мәселеси дыққат орайында болды.
Илаж шеңберинде Германияның Фридрих Эберт қоры менен Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) арасында еки тәреплеме бирге ислесиў меморандумына қол қойылды ҳәм илаж соңында Ташкент резолюциясы қабыл етилди.
Омбудсман жумысына бағышланған китап презентациясы да өткерилди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы