Өзбекстан – Қытай: инвестиция ҳәм саўда байланысларын раўажландырыў имканиятлары көрсетилди

Ташкентте Өзбекстан – Қытай бизнес форумы болып өтти. Оған Чжэнчжоу қаласынан қытайлы делегация ҳәм өзбек исбилерменлериниң ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманда еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додалаў орайында болды.
Онда шығып сөйлегенлер тәреплер арасында пайдалы исбилерменлик орталығы беккемленип атырғаны бир қатар тараўлар, атап айтқанда, автомобиль қурылысы, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, қурылыс ҳәм билимлендириў сыяқлы әҳмийетли тармақлар бойынша бирге ислесиў байланысларын орнатыў имканиятын жаратып атырғанын атап өтти.
Атап өтилгениндей, әҳмийетли тәбийғый ресурсларға ҳәм стратегиялық жақтан қолайлы географиялық статусқа ийе болған Өзбекстанда аўыл хожалығы, жеңил санаат ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығыў жедел раўажланбақта. Бул болса Қытайдың «Haoshangni Health Food Co., Ltd» ҳәм «Goden Beans Agriculture Co., Ltd» сыяқлы компанияларының елимиздиң аўыл хожалығы өнимлерин сатып алыў көлемин кеңейтиў шараятын жаратып атыр. Бундай зәрүрлик жергиликли өндириўшилерге Азияның ең ири базарына шығыў имканиятын және де кеңейтеди.



Форумда автомобильлердиң комплектлеўши бөлеклери тараўында бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, Қытайдың экологиялық таза қурылыс материалларын ислеп шығыўға қәнигелескен «Henan Hongju Group» компаниясы Өзбекстандағы қурылыс жойбарларына инвестиция киргизиўге таяр екенин мәлим етти. Бул мәмлекет инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли қәдем болыўы мүмкин.
Буннан тысқары, «Henan Gaohui Education Technology Co., Ltd.» компаниясы кәсип-өнер билимлендириўи ҳәм тиллерди оқытыў тараўында бирге ислесиўди усыныс етти. Бундай басламалар өзбекстанлы қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм еки мәмлекет арасындағы мәдений байланысларды беккемлеўге кең жол ашады.
– Аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм билимлендириў сыяқлы тараўларда бирге ислесиў ушын салмақлы потенциал бар екенин көрмектемиз. Өзбекстан тәрепи сапалы өнимлер ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы шараятларды усыныўға таяр. Соған бола, ҳәр еки тәреп форумда өз имканиятлары бойынша таныстырыўлар өткерди. Әлбетте, бул ушырасыў келешекте әмелий нәтийжелерди береди, – деди экспортты хошаметлеў бойынша халықаралық эксперт Улығбек Камолиддинов.
Чжэенчжоу базарын раўажландырыў орайының директоры Лю Куйчжидиң сөзлерине бола, Хэнань провинциясында жайласқан Чжэнчжоу Қытайдың тийкарғы экономикалық ҳәм транспорт орайларынан бири болып табылады.
– Бул қала бай тарийхқа ийе ҳәм Қытай цивилизациясының бесиги болып табылады. 13 миллионнан аслам халық ҳәм жалпы ишки өними 1,45 триллион юаннан асатуғын Чжэнчжоу ири саўда ҳәм инвестициялық орай сыпатында жедел раўажланбақта. Қолайлы бизнес орталығы ҳәм BYD, SAIC ҳәм Ant Group сыяқлы халықаралық гигантлардың бар екени қаланы бирге ислесиў ушын тартымлы етеди. Ташкент қаласында бизнес-форумның өткерилиўи Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы экономикалық байланысларды беккемлеўде әҳмийетли басқыш болды. Келеси жылларда инвестиция киргизиўдиң көлеми, өзбек өнимлериниң Қытай базарына экспорты және де артыўы күтилмекте, – деди ол.
Бизнес-форум жуўмағында өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша еки тәреплеме шәртнамаларға қол қойылды.
Насиба Зиёдуллаева,
ӨзАның хабаршысы