Тыныш шаңарақ – бахытлы шаңарақ

285

Шоманай районы Мәденият бөлиминде “2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Ҳаял-қызларға итибар – бахытлы шаңарақ гилти” атамасында ҳаял-қызлар форумы өткерилди.

Форумға сектор баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм туризм жәмийетлик бирлеспелери мәселелери комитетиниң бас қәнигеси Б.Айымбетова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң бас қәнигеси М.Турдымуратова, Ишки ислер министрлигиниң жәмийетлик қәўипсизлик профилактикасы басқармасының баслығы подполковник Р.Ешимбетов, ЖҚХ ҲПБ баслығының орынбасары подполковник Х.Реймкулова ҳәм қала ҳәм районлардан келген ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарлары қатнасты.

Форумды район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т.Қаллықыличева кирис сөз бенен ашты.

Форумда ҳаял-қызлар арасында жүз берип атырған жынаятшылықтың себеплерин үйрениў, бундай жынаятлардың алдын алыў, ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў мәселелери додаланды.

Илаж даўамында ҳаял-қызларға қаратылған зорлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы нызам ҳүжжетлери туўралы мағлыўматлар берилип, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша мәсләҳәтлер берилди.

Форум қатнасыўшылары ҳаял-қызларға қаратылған зорлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша өз пикирлерин билдирип, усыныслар берди.





Илаж ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың жәмийеттеги орнын беккемлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги