Жас палўанларымыз «Прокурор кубоги» ушын беллести

285

Шымбай районындағы спорт мектебинде 2013-2014-жылларда туўылған жас өспиримлер арасында спорттың  миллий гүрес  түри бойынша «Прокурор кубоги» болып өтти.

Жарысқа шымбайлы жаслардан тысқары, қоңсылас Қараөзек, Тахтакөпир, Кегейли ҳәм Бозатаў районларынан палўанлар қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, ер балалар арасында 30 кг салмақта бозатаўлы Азизбек Дәрьябаев, 33-36-40-44 кг салмақта шымбайлы спортшылардан Баўыржан Әметов, Хожа Саттарбердиев, Бағдәўлет Амангелдиев, Ерлан Сарқытбаевлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, кубок ийесине айланды.       Ал, 48 ҳәм +48 кг салмақта тахтакөпирли Жасулан Қарасаев, қараөзекли Асылхан Оразбаевлар биринши орынды жеңип алды.

Қызлар арасында болса, 30-36-44 ҳәм +48 кг салмақта шымбайлы жаслардан Улжан Қаржаўбаева, Айнура Пирниязова, Зульфия Абдуллаева ҳәм Улбосын Турдыбаевалар биринши орынды ийелеўге еристи.

40-48 кг салмақта тахтакөпирли Гүлистан Жақсылықова ҳәм қараөзекли Меҳрий Ерхановаларға тең келетуғын қарсылас табылмады.

Жарыс соңында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль, кубок ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы