Музыка мектеби жәмийетлик қадағалаўда

493

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң 2025-жылға белгиленген режесинде Қарақалпақстан Республикасындағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеплериниң жумысларын үйрениў, билимлендириўдиң сапасы бойынша аналитикалық мағлыўматлар таярлаў ҳәм жәмийетлик тыңлаўларды шөлкемлестириў белгиленген.

Соннан келип шыққан ҳалда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы,  Жоқарғы Кеңес депутаты Тәжибай Романов, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Ендирбай Абдуллаев ҳәм тараў қәнигелеринен ибарат жумысшы топар Нөкис қаласындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде болды.

Тийисли сораўнама тийкарында өткерилген үйрениў даўамында музыка мектеби имаратының жағдайы, материаллық-техникалық базасы, мектепте билим берип атырған педагоглардың қәнигелиги дурыс таңланғанлығы, оқыў процесинде пайдаланылып атырған сабақлықлар ҳәм басқа да мәселелер бойынша мағлыўматлар алынды ҳәм жумысшы топар ағзалары тәрепинен талқыланбақта.

Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары усы күни Нөкис қаласындағы, 22 ҳәм 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплерине де барып, мектеплердиң жумысы менен жақыннан танысты ҳәм сораўнама тийкарында үйрениў жумысларын алып барды.

Үйрениў жумыслары 24-26-февраль күнлери Нөкис қаласы ҳәм барлық районларда өткерилип, анықланған кемшиликлер ҳәм машқалалар жумысшы топар ағзалары тәрепинен талқыланып, жуўмақлаўшы мағлыўматлар таярланып, әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги