Ерназар Сарсенбаев «Үлкен Дуўылға» турнирине қатнасады

413

Ертең Ташкент қаласында «Юнусобод» спорт комплексинде дзюдо бойынша «Үлкен Дуўылға» дүркинине кириўши, улыўма сыйлық қоры 154 000 еврони қураўшы жарыс басланады.

Бүгин OTP Group Tashkent Grand Slam турнирине шек таслаў мәресими болып өтти. Ерлер арасында өткерилетуғын беллесиўлерге мәмлекетимизден 7 салмақ категориясы бойынша 28 дзюдошы қатнасады.

Республикамыз жанкүйерлери ушын соны айтып өтиўимиз керек, бул палўанлар арасында -100 кг салмақ категориясында қарақалпақстанлы Ерназар Сарсенбаев та қатнасады ҳәм ол жарыстың дәслепки басқышында тәжикстанлы Кароматулло Ҳакимов пенен беллеседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы