Алыс аймақлардағы педагог кадрлар ушын мобиль қәнигелик арттырыў автобуслары тарқатылды

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мобиль қәнигелик арттырыў хызметлери негизинде шөлкемлестирилген автобусларды аймақларға тарқатыў мәресими болып өтти.
Онда министрлик жуўапкерлери ҳәм ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги тийисли пәрманына муўапық, усы жылдың 1-мартынан баслап тәжирийбе-сынақ түринде республиканың узақ ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери педагог кадрлары ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметлерин енгизиў белгиленген.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына бола, тәжирийбе сынақ түринде Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларында мобиль қәнигелик арттырыў хызметлери жолға қойылмақта.

Бул мобиль қәнигелик арттырыў хызметлери 4 аудитория көринисинде қайта үскенеленген автобуслар негизинде шөлкемлестириледи. Автобуслар бир ўақыттың өзинде 14 педагогқа шынығыўлар өтиўге мөлшерленген оқыў орынлары, 10 НР маркалы ноутбук, бир 65дюмлық интерактив монитор, жазыў доскасы, 1 интернет тарқатыўшы қурылма (WI FI роутер) менен қайта үскенеленген. Бул автобуслардан узақ ҳәм шетки аймақларда жайласқан мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери педагог кадрлары ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметлерин көрсетиў, яғный үзликсиз кәсиплик раўажландырыў («Методикалық шеберлик күни» ҳәм «Методикалық шеберлик сааты») илажларын тийисли аймақларға барған ҳалда тренинг, семинар ҳәм басқа да түрлерде шөлкемлестириў мақсетинде пайдаланылады.

Педагогларға жасаў ҳәм жумыс орнынан узаққа кетпеген ҳалда үзликсиз кәсиплик раўажланыў, билимлерин жаңалап барыў арқалы мектепке шекемги билимлендириў сапасын арттырыў имканиятлары жаратылады. Автобуслар тренинглер, семинарлар ҳәм әмелий шынығыўлар өткериў ушын зәрүр қураллар менен үскенеленген.
Н.Усмонова, ӨзА