«Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм ADCB қаржылай бирге ислесиўди кеңейтеди

«Өзбекнефтьгаз» ҳәм «Өхимиясанаат» АЖлар басшылары БАӘның «Abu Dhabi Commercial Bank» (ADCB) ўәкиллери менен ушырасты.
Сөйлесиўде жергиликли шөлкемлер тәрепинен ерисилген нәтийжелер, әмелге асырылып атырған трансформация процесслери ҳәм экономикалық турақлылық мәселелери ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соң тәреплер кредитлеў көлемин арттырыў, қайта тикленетуғын кредит линиясын ҳәм жаратыў шәртнамалардың көлемин кеңейтиў имканиятларын көрип шықты.
Жәмийет мәлимлеме хызметиниң атап өткениндей, «Abu Dhabi Commercial Bank» (ADCB) – Бирлескен Араб Әмирликлериндеги үшинши ири коммерциялық банк болып, 1985-жылы дүзилген. Бул финанс институты тек ғана Әмирликлерде емес, ал халықаралық базарларда да жумыс алып барады. ADCB корпоратив ҳәм киши банк хызметлери, инвестиция ҳәм активлерди басқарыў және қамсызландырыў хызметлерин усынады.
Банк региондағы ең ири қаржы структураларынан бири сыпатында Орайлық Азия ҳәм ҒМДА еллери менен бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Сөйлесиў ўақтында ADCB ўәкиллери 2025-жылы «Өзбекнефтьгаз» АЖның ҳәр қыйлы бағдарлардағы жойбарларын қаржыландырыўға таяр екенин билдирди.
Сондай-ақ, еврооблигациялар шығарыў, инвесторларды тартыў ҳәм қаржы операцияларын муўапықластырыў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды. ADCB бул процесслерде баҳаны анықлаўда, презентациялар шөлкемлестириў ҳәм инвестициялық келисимлерди қәлиплестириўге қатнасады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға келисип алды.
ӨзА