Ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўы

346

Қараөзек районындағы  Мәденият орайында район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм Наманган ўәлаяты ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ғ. Муродхожаев аймақтағы жумыссыз жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда илаж қатнасыўшыларына Наманган ўәлаятындағы ири өндирис кәрханалары, исбилерменлик субъектлериндеги бар болған бос жумыс орынлары ҳәм жумысшыларға жаратылып берилген қолайлықлар бойынша мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, район ҳәкими А. Баймуратов усы имканиятлардан дурыс пайдаланыў ҳәм усынылған жумыс орынларына барып, тәжирийбе арттырып қайтыў, жаслармызға исбилерменлик бенен шуғылланыўлары ушын кең имканиятлардың бар екенлигин атап өтти.

Ушырасыў даўамында район жасларының бул бойынша пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги