Әдиллик министрлиги жылды қалай жуўмақлады?

314

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2024-жылы даўамында министрлик тәрепинен әмелге асырылған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Конференцияға Министрлик басшылары, жуўапкер хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары Амангелди Пренов 2024-жыл даўамында министрлик тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, соның ишинде, жаслар менен бирге ислесиў бағдарында исленген ислер ҳаққында кең түрде айтып берди.

-Министрлик ҳәм район (қала)лардағы әдиллик бөлимлерине физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 12 765 мүрәжатлар келип түсти,-дейди өз шығып сөйлеўинде А.Пренов.-Бул бойынша хызметкерлеримиз тәрепинен жүргизилген үйрениў жумыслары нәтийжесинде, 7 546 мүрәжат (59%) қанаатландырылып, мүрәжатшылардың ҳуқықлары тикленди. Атап айтқанда, судларға жәми суммасы 11 млрд 942 млн сумнан артық 1 363 дана даўа арзалары киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары суд тәрепинен тиклениўине ерисилди.  Анықланған нызамбузылыўшылық жағдайлары ҳәм оларды сапластырыў тараўында министрлик тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде нызамшылықтың дурыс тәртипке салыныўы үстинен турақлы рәўиште мониторинг алып барылмақта.

Усының нәтийжесинде, 2024-жыл даўамында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен 63 257 жағдайда нызам бузылыўына жол қойылғанлығы анықланды. Бул анықланған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў бойынша 1064 усыныс, 53 ескертиўлер киргизилди. 828 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде үйрениўлер өткерилип, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы ҳәм жуўапкер хызметкерлеринен 884 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды. Судларға киргизилген усыныслар тийкарында пуқараларымыздың 45 млрд 384 млн сўм қаржылары қайтарылды ҳәм төлеп берилди.

Илажда журналистлер тәрепинен министрлик басшыларына бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәслелер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы