Әндижанда жумыс ислеў имканияты берилмекте

Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша бириктирилген Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте районда халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм усы арқалы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылып, ҳәр тәреплеме бирге ислесиў илажлары даўам етпекте.
Усы әмелий ислердиң даўамы сыпатында Кегейли районында Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң аймақ жаслары менен ушырасыўы болып өтти.
Оған Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң жуўапкер ўәкиллери, тийисли тараў басшылары ҳәм кегейлиши жаслар қатнасты.
Өткерилген ушырасыў даўамында жоқары оқыў орынларын питкерип, Әндижанда жумыс ислеў нийетин билдирген 26 жас ҳәм олардың ата-аналары менен жеке сәўбетлесиўлер өткерилип, оларға қәнигелиги бойынша жумыс орынлары усыныс етилди.


Илажда Әндижан ўәлаятына барып жумыс ислеў нийетин билдирген жаслардың ҳүжжетлери сол орынның ɵзинде тийисли тәртипте рәсмийлестириў илажлары көрилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги