Пенсия тайынлаў бағдарындағы жеңилликлер түсиндирилди

Мәмлекетимизде барлық тараўлар қатарында пенсия тайынлаў бағдарында да бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры Атқарыў аппараты директорының биринши орынбасары З.Турсунов Беруний районында көшпели ушырасыў өткерди.
Онда 2025-жыл 1-марттан баслап жасқа байланыслы пенсиялар автомат түрде тайынланыўы әмелиятқа енгизилиўи бойынша кең түрде түсиниклер берди.
Жасқа байланыслы пенсияны машқаласыз тайынлаў мақсетинде – ҳәзирги ўақытта жумысын ислеўди даўам етип атырған пуқараларға ислеген мийнетлерине байланыслы мағлыўматларды санластырыў, тексерип барыўы усыныс етиледи.
Беруний районы мәлимлеме хызмети бөлиминиң берген мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытта жумыс ислемей атырған пуқаралар мийнет дәптершелериндеги мағлыўматларды районлық Бәнтликке жәрдемлесиў орайларына мүрәжат еткен ҳалда бийпул санластырып алыўы мүмкин екени ҳаққында түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, пуқаралардың шешилмей атырған машқалалары ҳәм сораўларына толық жуўап берилди. Мүрәжатлер орнында шешилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги